MusicMint AI Music Generator Logo
MusicMint

Мениң қызым Гүлжәҳән.

Pop song in Qaraqalpaq featuring rich male vocals over a blend of electronic beats, warm bass, acoustic guitar, and lush synthesizers. Verses are intimate with fingerpicked guitar and deep cello accents; choruses layer in punchy drums, vibrant synths, and expressive bass, creating a heartfelt, anthemic sound.

utepovkuat1966·2:47

Lyrics

Мениң қызым Гүлжәҳән,

Өз алдына бир жәҳән ,

Дени саў аман жүрсе ,

Қыз болады бир нәҳән.

Көзи уқсас көзиме ,

Өзи уқсас өзиме ,

Таўсылмайды сораўы ,

Жуўап берсең сөзине.

Сыртқа қулақ түреди ,

Емин - еркин жүреди ,

Қанасына сыймайды ,

Алып ушып жүреги .

Түсинеди ағымды ,

Сындырмайды сағыңды ,

Жатырқаўды билмейди,

Тили майдай жағымлы ,

Унатпайды шатақты ,

Тәўир көрер шынай ақты,

Қолдан - қолға түсирмес,

Сүўрети бар китапты .

Жүдә жатық минезли ,

Қайыл қалдым мен өзим ,

Жаслайынан турақлы ,

Жанып турған күн өзи.

Мениң қызым Гүлжәҳән ,

Өз алдына бир жәҳән .

Дени саў аман жүрсе ,

Қыз болады бир нәҳән

Like this song? Create something similar

Related AI Music Generators